ДИЙУАНА
Қарақалпақша
ат. (парсы.
— ақылсыз, делбе).
1. Ақылдан азған, ақылы пәс, делбе.
Дийўананың сүйер асын ким берсин (ққ.х.н.м.).
2. дин. Алланың мәрҳәматына жетисиў үмитинде зикрге берилип, бул дүнья ислеринен ўаз кешкен суфий; дәрўиш сыяклы адам.
Ғарға баласы «ғақ» дейди, Дийўана баласы «хақ» дейди (ққ.х.н.м.).
3. Қайыр-садақа менен күн көриўши; гедей, тиленши.
Дийўана тентиресе, Шайық ел аралайды (ққ.х.н.м.).
Дийўана жети есикке барса бети ашылар (ққ.х.н.м.).
Өзиң дийўанасаң, кимге пир боласан (ққ.х.н.м.).
Зийўар айтар, журтсыз елсиз, Адам бир дийўана мегзер (Әжинияз).
Дийўанаға гүнжи де болса жарайды (ққ.х.н.м.).
4. аўыс. Қандай да бир мақсет, ҳәрекетке толық берилип, ес-хуўшынан айырылған.
Муҳаббат ышқында дийўана болыў.
Бир ярдың жолында дийўана болып, Яр қолынан бүлбилгөяны алып («Хурлиқа-Ҳәмре»).