⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДИЗЕ

Қарақалпақша

ат. 1. Аяқтың бүгилетуғын балтыр менен жуўан сан байланысып туратуғын жери, уршықтың турған жери. Аяңлап жүрип киятырған шананың үстинде ҳәзир де Ажар дизесиниң үстиндеги китапшадан көзин үзбейди (К.Султанов). 2. Ыштан, шалбар ҳәм сол сыякды кийимлердиң дизеге жететуғын, дизеге дейинги бөлеги. Дизеси жыртық. Ийнине тартқан шапаны, Дизесине жетпеген, Сордың үйи деседи (Терме). 3. Аяқтың дизеден жамбасқа дейинги аралық бөлими (отырған халатта). Дизесине отырғызыў. Жәллатлар Ақбилек айымның ордасына барып, Ақбилектин оң дизесинде жатқан Шекердин, шеп дизесинде жатқан Шийринниң ханларынан услап, қан қақсатып жүре берди («Шийрин-Шекер»). 0 Дизе бүгиў — 1. Азырақ отырыў, иркилиў; 2. аўыс. Бағыныў, бойсыныў. Тәжим етип, дизе бүгип алдында, Көзге сүртер Байрағымсаң, Байрағым... (Ө.Байназаров). 3. Дәстүр, қәде түри. Минайым қыз жеңгелерин шакырып, Нәжепти ортаға қойып, төсек салар, шаш сыйпар, дизе бүгер, камаў қой, баксы байрақ деген қәделерин алып, еки ашық қосылып, мурадына жетип, той-тамаша еттирип, алтын қабақ аттырып,.....бақсы-жыраў айттырып,...еки ашықтың мурадына жеткен жери («Ашық Нәжеп»). 0 Дизеге қоныў — дизерлеп отырыў. Назлы бир дизеге қонып, шынтағы менен тиреп, есик бетке телмирип қарап отыр (К.Султанов). Дизесинде дәрман болмаў — 1. Шамасы келмеў, халы курыў, диңкеси жоқ. 2. Ҳайяр, сум. Ақылы жоқтың әрманы жоқ, Дизесинде дәрманы жоқ. (ққ.х.н.м.).