ДИЗГИН
Қарақалпақша
ат. 1. Ат, ешек хәм басқа ҳайўанларды байлаў ҳәм қаңтарып қойыў ушын хызмет қылатуғын, жүўендеги суўлыққа бекитилген, услап отыратуғын жип ямаса узынша кайыс, жылаў.
Дизгинин көрип қара аттың, Бир қамшы урып жиберди («Алпамыс»).
2. с.т.
Жылаў.
Мүширип дизгинди қайта тартып, кекшийип қалша қатты да қалды (К.Султанов).
3. Басқырыў, жылаўлаў әмели.
Дизгин бермесем де көздеги жасқа, айтпай туралмайман сағынғанымды (Мухаммед Хошан).
0 Дизгинин бос қойыў — еркине жибериў, ерк бериў.
Дизгинин тартыў — а) аўыс. Тәртипке шақырыў, жөнге салыў; б) аўыс. иркиў, тоқтатыў.