⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДЕМЛЕЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Аўкат писириў процесси; Гейпара тағамлар пискеннен соң, және мәлим мүддет ишинде демленеди. Бунда қазаннан пуў шықпайтуғын қылып берик бекитиледи, пәс отта ямаса қызып турған шоқта т.б. Палаўды демлеў. 2. Чайды чайникке салып үстине қайнаған суў қуйыў. Чай демлеў. Ашшы арақ, вино орнына, Берер маған ашшы чай демлеп (Б.Генжемуратов). 3. Гүйис қайтарыўшы жанлы-жаныўарлардың мөлшеринен артық жеўинен болатуғын аўырыў. Байнияздың қошқары шешилип кетип, қуяшқа жайыўлы турған жүўерини өзи кайттыға жеп, демлеп қалыпты (ҚҚ.КСМ.атл.).