ДЕМЕЎ
Қарақалпақша
ат. 1. Сүйениш, тирек.
Сылыңғыр арық киси қолындағы таяқты демеў етип, жалаңғат шапанын жер сүйретип киятыр (К.Султанов).
2. аўыс. Көмек, жәрдем.
— Мына қанар қалтаны арбаға салыў ушын бир мүйешинен услап демеп жиберсең қалай болар екен, — деди тазша (ққ.х.е.).
Бабалардан сизден демеў сораймыз, Алла деймиз аспанларға қараймыз (Ж.Анетеев).
3. ф. Айтпаў.
Демеў ушын ертең, бул миллет әлди, Қәстерлеп өтейик қарақалпақты (А.Қойлыбаев).