ДЕМ
Қарақалпақша
ат. 1. физиол.
Мурын ҳәм аўыз арқалы тыстан ишке ямаса иштен сыртка шығарылатуғын ҳаўа.
Сержан болса демин бөлип-бөлип алып, үсти-үстине гүрсинип атыр (Т.Қайыпберғенов).
2. Бир дем алғаншелли пурсат, пайыт, мәўрит.
Үй жаманы төле, Дем аларсаң өле (ққ.х.н.м.).
0 Дем алыў — а) Шаршаў, күш-қуўатты қайта тиклеў, ис қәбилетлилигин қайта тиклеўге жәрдем беретуғын ҳалаты.
Күндиз-түни бир тынбайсаң жыбырлап, маған уқсап дем алып бир жатпадың (Ж.Анетеев).
б) Ҳаўаны ишине тартыў ҳәм шығарыў.
Соңғы жыллары жазымыз онша қуўанышлы емес, өлпең самал менен-ақ дузлы қара шаңғыт көтерилип, дем алыў қыйынласты (Т.Қайыпберғенов).
Дем берди — тыным берди.
Деми питиў (таўсылды) — дин. қайтыс болды, тамам болды, қазаланды.
Шайыр қосықларын журтқа калдырып, Өзи деми питкенде өлип кетеди (И.Юсупов).
Дем салды — молланың бир нәрселерди оқып, наўқас адамға үп-сүп деўи, дем урыўы.
Демниң арасында — жүдә тез, сол заматта, жылдам, шаққан.
Демалыс күнлери — ҳәр ҳәптелик үзликсиз дем алыў күнлери.
ӨзР Мийнет Кодекси, 129-статьясында барлық хызметкерлери 5 күнлик ис ҳәптесинде ҳәптесине 2 дем алыў күни, 6 күнлик ис ҳәптесинде 1 дем алыў күни бериледи.
Оқыўдан демалыс берилгени менен, Ашықлықта болмас екен демалыс (Ж.Нийетуллаев).
Дем алыў орайлары — дем алыў режими тәртипке салынған денсаўлықгы тиклеў мәкемелери.
Деми ишине түсип кетиў — а) дем ала алмай қалыў; б) үндемей, тым-тырыс болып қалыў; Улперини жиберип, туўатуғын ҳаялға үйленгиси келип турады да, тағы деми ишине түсип, ҳаялынан да, ҳәмелинен де қорқады (К.Рахманов).
в) кейпи бузылыў, өзғериў; г) не дерин билмей қалыў, аўзын аша алмай қалыў.
Демин ишине жутыў — үндеместен, тым-тырыс турыў.
Демине нан нисиў — қаталдық, не айтса бәри орынлана бериў, басқаның үстинен хүким сүриў.
Сөйтип демине нан писип жүрген Жалғас жорасы кеше кеште жамбасына оқ тийген қасқырдай сүйретилип үйине зорға жетипти (К.Рахманов).
Дем урыў — Аўырыў адамға емшиниң үп-сүплеўи.
3. фоль.
Сөйлеў, айтыў.
Атың Қоблан болсын деп, Кулағына дем урды («Қоблан»).
Дем урмаў — дем алмаў.
Мәлийка жығылып, дем урмай жатты («Шаҳы Мутлақ»).
Демин ыраслаў — дем алыў.
Ол таўдың үстинде демин ыраслап, ол минәрли шәҳәрлер көринғенге ўақтын хошлап: Бағдаттың мурады бар дейтуғын еди... («Сәлимжан»).
4. Жумыстан бос ўақыт.
Дем алыў.
5. Қандай да бир нәрсе ишине топланған, жыйналған газ, ҳаўа.