ДЕЛО
Қарақалпақша
ат. (р. Делать — ислеў, орынлаў).
Қандай да бир мәселе шахсқа тийисли рәсмий яки рәсмий емес қүжжетлер топламы қәм усындай ҳүжжетлерди сақлаў ушын арнаўлы папка; хүжжетлер топламасы; ис.
— Кир ишке, — деди зилли түрде, кирген соң ортадағы қатардың екинши партасына отырғызып, өзи столдың жанында турып, және делома үңилди (Ш.Алламуратова).
0 Дело ашыў — 1. Бир мәселе ямаса тараўға тийисли хүжжетлер топлап сақлаў ушын арнаўлы папка.
2. Суд ямаса тергеў органларында қандай да бир суд иси бойынша хүжжетлер топлаў.