⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДЕЛБЕ

Қарақалпақша

ат. 1. Ақылдан азған, дийўана, жилли. Бир делбе нәрестедей ешегинди ат қылып, Қолға қылыш алмастан майдан арзыў қыларсаң (А.Өтепбергенов). 2. Нервлик кеселлердиң бир түри. Тамға қарап жибермей де көрдик, Қайта делбе болып кетежақ (Е.Өтепбергенов). 3. Бир нәрсеге, биреўге ҳәдден тысқары берилген, шайда. Мен не әйлейин ишим жанып барады, Соның ушын делбе болдым балдызым (кк.х.қ). 4. Асаў, «қутырған», «жылаўланбаған». Делбе болыў — ақыл-естен айырылыў.