ДЕГАЗАЦИЯ
Қарақалпақша
1. Зәҳәрленген жерлер, имаратлар, әскерий техника, жаўынгерлик кураллар, азық-аўқат, ҳаўа, суў т.б.ларды зыянсызландырыў.
2. Металлургияда-вакуўмда қайта ислеў бериў жолы менен суйық металлар қурамындағы газлерди шығарып жибериў.
3. Пайдалы қазылмалар қатламлары ҳәм әтирапындағы денелер арасынан зәҳәрли газлерди тәбийғый ямаса жасалма усыллар арқалы шығарып жибериў.
4. Аўыл хожалығында-фумигациядан соң зәҳәрли газ ҳәм пуў қалдықларын жоқ етиў.