⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДЕБОЧА

Қарақалпақша

(парсы, кирисиў, сөз басы). 1. Китаптың ғезлемеден иеленген қабының алтын жалатылып безелген дәслепки бөлек бетлери; 2. Кирисиў, кирис сөз, алғы сөз. Тийкарынан диван (ш айырдың қосы қ топлам ы ), дәстан хәм прозалы қ шығармаларда, сондай-ақ, мемўар хәм баязларда ушырайды. Дебоча шығарма авторы ямаса редакция тәрепинен жазылады, онда китап мазмуны, автордың қысқаша өмир баяны, мақсети баян етиледи. 3. Патшалардың алтыннан тиғилғен үстки кийими; 4. муз. Киши көлемдеги шығарма.