ДАҢ
Қарақалпақша
ат. 1. Атақ, даңқ, танылыўшылық, белгилилик, мәлимлилик.
Алып едим ал менен, Алты түлик мал менен, Жүйрик деген даң бенен, Не көрдиң, қара атым, не көрдиң? («Алпамыс»).
Байсары бай бизиң журтқа болды даң («Алпамыс»).
2. Дағаза, дәбдебе.
Жақсы ҳаял жаман ерин хан қылады, Жаман ҳаял жақсы ерин даң қылады (ққ.х.н.м.).
0 Даң болыў — мәлим болыў, белгили болыў, хабар таралыў, жәрия болыў.
Жән-жаққы өзине қаратқан, Талайлар өтти даң болып.. Басын даң қылы — басын айландырыў, мийин айландырыў.