ДАҚ II
Қарақалпақша
ат. (парсы, қайғы, ҳәсирет, қапалық).
1. Аўыр мүсийбеттен, қайғыдан кеўилде қалған өш, ашыў.
Ана жүрегинде питпес дақ қалды (К.Султанов).
Перзент дағы жүрек-баўырын езсе де, Запыран жутып көз жасларын ишсе де, Халқы сүйип, сатқын дослар безсе де, Сақтын сындырмаған Қумар аналық (Б.Зиварова).
Арыңа дақ келтирер, Әрман менен өлтирер (Т.Жумамуратов).
2. Әрман, ҳәсирет.
Шаш та сийрекледи, түсти бираз ақ, муңлы жүрегимде қалды питпес дақ (Б.Сарыбаев).
0 Дағда қалыў — қандай да бир ҳәрекети, мақсети әмелге аспағаннан, әрманда қалыў, бир нәрсени орынлаўға үлгермей қалыў.
Кете бердиң, бизди дағда қалдырып, Сум әжелдиң жетегинде әкежан (Ақшолпан Аманияз).
Перзент дағы — перзенттен айырылғаннан кейин кеўилде қалған қайғы, әрман.
Кетти ме, я перзент дағы күйдирип? Айралық баўрынды езип әкежан (Ақшолпан Аманияз).