ДАҚ I
Қарақалпақша
ат. (парсы, белги, тамға; тамғалаў).
1. Нәрселердиң бетиндеги басқа рең, басқа түске ажыралып, парықланып туратуғын киши бөлек, тәбийғый белгилер.
Денедеги дақлар.
Куяш дақдары.
Айда да дақ бар (ққ.х.н.м.).
2. Нәрселердиң басқа бир зат, нәрсе тийип, былғанған, бүлдирилген, кир болған жери.
Май дағы.
Бояў дағы.
Жуўап берип буннан барған пәтиңе, Таяқ урып дақ, салыпты етиңе («Қырқ қыз»).
Ақша жүзге дақ, жаман, Ақ үйиңе көк жаман (Толғаў).
3. аўыс. Абырайды төгиўши, жаман тәсир калдырыўшы, жаман ат, шерменделик.
Жақсыдан бағ, жаманнан дақ калады.
(ққ.х.н.м.).
0 Дақ түсириў (келтириў) — 1. Шерменде қылыў, абырайды төгиў, былғаў.
Жала бәлесинен сақтан оларды, Дақ түссе синдирмей ақтаң оларды (К.Рахманов).
Ол ең әўеле сизиң, қала берсе факультеттиң, институттың абырайына бақ түсиреди (К.Рахманов).
2. Көринисин бузыў.
Бетине дақ түсиў.
Денесиниң хәмме жерин ақ дақ басып кетти, дәрти хәўиж ала баслады (хикмет).
Кеўил дағы — кеўилге аўыр алынған ўакыя-ҳәдийсе, гәп-сөздиң тәсири, кеўил калыў.