ДАРЫЛДАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Қатты бақырып хәм қарлығыңқырап сөйлеў.
— Есмырза аға, жетиншиниң балларын не қылсақ екен? — Телефондагы даўыс дарылдап, күлкимди келтирип жиберди (К.Рахманов).
2. Ўарылдаған сестиң шығыўы (көбинесе хәр түрли аўыр машиналар туўралы айтылады).
Гөне машын дарылдап, көшени және басына көтерди (Е.Өтепбергенов).