ДАР
Қарақалпақша
ат. Тигине көмилген еки ағаштың ортасына кесе арқыт тасланып, адам асып өлтириў ушын илмекли аркан илдирилип қойылған арнаўлы ағаш.
1. Оның көз алдына дар астына кетип баратырған баласы елеследи (К.Султанов).
2. Тик орнатылған еки ағаш хәм оған қатты тартып байланған аркан хәм шығырыклардан ибарат, дәрўаз ойынлары, шынығыўлары орынланатуғын курылма.
3. аўыс. Жоқары мақсет, лаўазым, арзыў-әрман.
Асылсаң бәлент дарға асыл.