⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДАБРА

Қарақалпақша

(ДАБАРА) ат. 1. Қандай да бир нәрсе туўралы хабар, билдирме, мәлимлеме. Ат ойнатып бардық деп, Жақсы атты оған бергеннен, Дабра қылып жүргеннен, Қуўат берсин өзиме («Қоблан»). 2. Улғайтыў, күшейтиў, қоздырыў. Жаңабай гүресте жаўырыны жерге тиймеген налўан деген дабра халық арасына ен жайған. 3. аўыс. Аса мактаныўшылық, паңпаңлық. Дабара салды ортаға, үш күн тойым бар деди («Шәрьяр»).