⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДАЎЫС

Қарақалпақша

ат. 1. Сәйлеў, қосық айтыў, бакырыў, жылаў х.т.б. сеслердиң бәрин еситиў ағзалары арқалы қабыл қылып алатуғын хәдийсе, сес, хаўаз. Бақырысқан даўыс. Бар даўысы менен ямаса даўысынын барынша қатты бақырыў, қышқырыў. Порқанның жараған түйедей бақырған даўысы ҳәммени тик аяққа турғызды (Қ.Айымбетов). 0 Даўыс бериў — даўыс шығарып, әзиниң бар екенлигин билдириў. Даўыс шығарыў — а) бир нәрсе деў, даўысын еситтирип сөйлеў, (оқыў), бир нәрсе деў. б) биреў қайтыс болғанда үн шығарып жылаў. «Жан бар жерде қаза бар», қарақалпакдарда жаназа болып атырған үйге ер адамлар сырттан даўыс шығарып киреди (М.Нызанов). Даўысың өшкир — ғарғаў мақсетинде айтылған 2. Мәлим бир сыпатларға ийе сес, ҳаўаз. Бәлент даўыс. Ақыл айтқан кейиснама даўысы, Ш аңараққа болар екен жыл азық (К.Рахманов). 3. Механикалық тербелислер нөтийжесинде жүзеге келетуғын ҳәм қулакка еситилетуғын ҳәр қыйлы даўыслар. Аяқ даўысы. Самолёт даўысы. Тәнепис ўақгы болмай- ақ мектеп қоныраўынын шыңғырлаған даўысы шықты («Жеткиншек» г). 4. Шаўқым, шаўқым-сүрен. Бул не даўыс? Ким бақырды? — деп ҳаплығып кирип кедңи Базар апа. («ҚӘ» г.). 5. физ. Ҳаўа ямаса басқа бир орталық тәсиринде майда бөлекшелердин толқын тәризли тербелисли хәрекети. Даўыс тезлиги. Кулаққа еситилмейтуғын даўыслар. 6. сия. Сайлаўларда ямаса бир нәрсени шешиўде өз пикирин билдириў хуқықы ҳәм усылы. Бул жаңалықтың сайлаўшыларымыз ушын өткен сайлаўда қандай депутатқа даўыс бергенин аңлап жетиў ушын үлкен имканият екенлиги анық («ЕҚ» г.). 0 Даўыс бериў — а) сайлаў ўақгында усынған кандидатты қоллаў. б) шақырған даўыска сес қайтарып жуўап бериў. Сайлаў күни әзи жасайтуғын жерде болыў имканиятына ийе болмаған сайлаўшы мүддетинен бурын даўыс бериў хукықына ийе («ЕҚ» г). Даўыска қойыў (салыў) — жыйналыста, конференцияда ямаса мәжилисте белғили бир мәселени, усынысты қанша адамның қоллайтуғынын билиў ушын қол көтериў ямаса бюллетень арқалы жасырын даўыс бергизиў. 7. муз. Сестиң тәсир етиў күши. Дуўгардың даўысы еки тарыңда, Бүлбилдиң ырғағы гүлдиң барында (Қ.Омаров). Саз даўыс — бир тегис даўыс, бир жөн даўыс, даўысы жақсы, жағымлы. Саз даўысқа қос сестиңди, ҳаўазьщнан әлем тиксинди (А.Қосымбетова). Ҳәўжар айтқан қызлардың, Саз даўысы еситилер (Д.Нурсеитов).