ДАЎРЫҚ
Қарақалпақша
ат. 1. Даңқ, атақ.
Даўрығын еситиў.
Бирде жымлық, бирде даўрық, Көтермелеп биреўлерди (Ж.Алланиязович).
0 Даўрық таратыў — танымалы болыў, ҳәммеге танылыў.
Даўрығы жер жарыў — ҳәмме билиў, танылыў, әңгиме болыў.
Бир нәмәрт пушайман болса исине, Даўрығы жер жарар, сыймас ишине (М.Нызанов).
2. Мыш-мыш тәп, хабар, шаў-шуў тарқалыў, ҳаўаза, сүрен.
Аттың яманыны сизлерде көрдим, Даўрық болса баш-башыға қашады («Әўезхан»).
Шайыр болыў даўрық салыў жер көкке (К.Рахманов).
3. Бақырыс, шаўқым.
Балалық — бир салынған даўрық, Гей ўақлары көкке де сыймас (К.Рахманов).
Жаҳанша менен Коянкөк, Даўрық салып ойнады («Жаҳанша»).