ДАЎАГЕР
Қарақалпақша
ат. 1. Наўқасты ҳәртүрли емлер менен емлеўши, шыпакер адам.
2. хуқық.
Нызамлы түрде өз хуқықдарын яки бузылған ҳуқықларын тиклеў мақсетинде судқа, арбитражға мүрәжат еткен пукара яки юридикалық шахс.
Юридикалық шахс судта, хожалық судында бийғәрез рәўиште даўагер ҳәм жуўапкер бола алады.
(«ЕҚ» ғ.).
3. аўыс. Талапкер, даўласыўшы, айтысыўшы.
Даўагериң қазы болса, дадынды алла берсин (ққ.х.н.м.).
Нан сындырысып атастырылған қалыңдығы қандайдур себеплер менен басқа жаққа кетип қалса, күйэў оған даўагер болып излеп барыўға хақысы бар (Қ.Жәримбетов ҳәм т.б.).
4. Кек алыўшы, даўлаўшы.
Жуп жағаңнан аламыз, Даўагериқ боламыз, қарсыласып барсақ биз, Сеннен өшти аламыз («Қоблан»).