⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГӨР I

Қарақалпақша

ат. Қайтыс болған адамды көмиў ушын арналып қазылған узын, терең шуқыр, қәбир, ләҳәт. Жаманның тәринде болғанша, жақсының гөринде бол. Бүкирди гөр дүзетеди (ққ.х.н.м.). Гөр болады усы жер, О дүньяға атланған (К.Рахманов). 0 Бир аяғы гөрде, бир аяғы жерде болыў — Әбден қартайыў, өлиў халында. Бир аяғым гөрде, бир аяғым жерде турғанын көрип турсаң, усы отарға кетпей-ақ қойсаң қалай болады, — дегенди айтты (М.Дәрибаев). Гөр аўзынан қайтыў — Өлимнен зорға аман қалыў, тири қалыў. Гөр аўзынан аман қайтқан жас жигит, Мақтаўларға қулақ аспады хеш те (И.Юсупов). Ол үш мәртебе гөр аўзынан қайтты (Қ. Досанов). Гөрге кириў — Өлген адам мәнисинде. Үйге кирген қуры шықпас, Гөрге кирген тири шықпас (ққ.х.н.м.). Биреўге гөр қазыў — Жаманлық ойлаў, нийети дүзиў емес. Әжелди, өлимди билее де адам, Өзгеге қас болып гөр қаза бердик (А.Крамов).