ГҮРМЕЎ
Қарақалпақша
ф. Жипти аңсат шешилетуғын етип түйип байлаў.
Гүрмеп болмас жиптей келте, Шөмиш кеппес қысқа күнлер (Х.Дәўлетназаров).
0 Қысқа жип гүрмеўге келмеўи — табылған қәрежет зорға күн көриске ушласады, аўыспайды.
Биреўлер барады жаны қаслыққа, Өмир қысқа жиптей гүрмеўге келмес (К.Рахманов).