ГҮРЕСУ
Қарақалпақша
ф. 1. Бирин-бири жығыў, жеңиў мақсетинде усласып айқасыў, алысыў, шайкысыў, шалысыў.
Барып қараса еки адам гүресип атыр екен (ққ.х.е.).
Бермейин пайымды дейип тиресип, Киятырман карсы мен де гүресип (Ақшолпан Аманияз).
2. Езиўши класска ямаса қандай да бир сиясий ағымға ҳәм де қарсылық ҳәрекетлерге қарсы ис алып барыў, жүргизиў, бир нәрсени орынлаў, бежериў, жеңиў ушын ат салысыўшылық, умтылыўшылық.
Әдалатсыз дизимге қарсы мәртлерше гүресип, Халқымыздың мәплерин қорғады («ЕҚ» г.).