⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГҮЛЗАР

Қарақалпақша

ат. 1. Гүл өсирилген, егилген жер. Дәрьясы асаў толқынлы, Жер өмир гүлзары (Т.Сейтжанов). Бир бағман жүр екен гүлзар ишинде, Түрли шәменлерден гүлдәсте жыйнап... (К.Рахманов). 2. Ҳәр түрли гүллер, өсимликлер өсирилген майданша, кеңислик. Ҳәўесим артады аралап гүлзар, Инәм еткил бир гүлинди, Нәўбөҳәр! (Б.Сарыбаев). 3. аўыс. Жайнап, жадырап турған. Адамдардың қай минезин айтайын: Кими гүлзар болса, кимиси қардайын (К.Рахманов).