ГҮБИРЛЕЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Басқаларға анық еситилмейтуғын ҳәм түсиниксиз етип бир нәрсе айтыў.
Гейбиреў биймәни гүбирлеп, алып жүр сыйлығын өмирден (К.Рахманов).
2. Өз-өзинен гүбирленип сөйлениў.
...Өз-өзинен сөйленип гүбирледи (Қ.Ирманов).
Кимдур иштен соны гүбирлеп бара, Духовой оркестр барар мөңиреп (И.Юсупов).