ГРУППА
Қарақалпақша
ат. Ҳәзирги пайытта көбинесе топар деп пайдаланып атыр.
1. Бир топар адам, тода.
Булардың бир группасын баскарып Андреев кетти.
2. Мақсет, бағдары, ис-хәрекети ҳәм сондай улыўмалық тийкарында пайда болған рәсмий яки рәсмий емес топар.
Тексериўшилер группасы, Илимий группа.
3. Улыўма белги, қәсийетине ийе болған бир түрдеги нәрсе, хәдийселер жыйнағы.
Жулдызлар группасы, сүт емизиўшилер группасы.
4. Сабақ, лекция өткериў мақсетинде бирлестирилген талабалар топары.
Ҳуқықый билимлерди ийелеў группасы.
5. қатлам, категория; дәреже.
Биринши группа майыбы.
6. лингв.
а).
Тилдиң фонетикалық, синтаксислик ҳәм семантикалық бөлинген бирлиги.
Акңентлик группа — бир пәтке бирлескен сөзлер топары.
Ритмикалық группа — бир қанша созылымлы синтаксислик пүтинниң ритмикалық қурылысы тийкарында бөлинип шығатуғын группа; б).
Тил бирликлериниң семантикалық, структуўралық, этимологиялық т.б.
белгилерине қарай бирлесиўи.
Ассоциативлик группа — формалық ямаса семантикалық белгилерине қарай бириккен сөзлер группасы.
Тематикалық группа — өзлериниң тийкарғы семантикалық мазмунының жақынлығы жағынан биригетуғын сөзлер топары.
Мыс: үлкен, ири, нәҳән; үлкенлик, ирилик; үлкейиў, ирилениў т.б.