ГРОТЕСК
Қарақалпақша
ат. Ўақыяларды ҳәм хәдийселерди, адамлардың хәрекетлерин хәдден тыс асырып ямаса фантастикалық дәрежеде пәсеңлетип көрсетиў.
Гротеск — сатиралық сүўретлеўге жақын.
Салтыков-Щедринниң «Бир қаланың тарийхы» шығармасы, қарақалпақ жазыўшысы Т.Жумамуратовтың «Мәспәмбеттиң түси» гротескке жатады (С.Баҳадырова, С.Ахметов).