⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГИЯ

Қарақалпақша

ат. бот. Ҳәр қыйлы өсимлик, шөп. Жылқы жейди Қызылқумнын гиясын, Алып келдиң қайсы байдың дүньясын («Алпамыс»). Жердиң, үсти гия шыға, Болды гилем жайғандай (Т.Сейтжанов). Гия бөрткен жылға сайынан, Қулпы дөнген қыры-ойынан (Б.Қайыпназаров). 0 Гия шөплер — өсимликлер, шөплер, тоғайлар. Гия шөплер шамал менен тербелип, Жапырақларын бойларына орайды (Ж.Аймурзаев). Гия көгермеў — Өсимлик өспеў, шөп көгермэў.