ГИЛТ I
Қарақалпақша
ат. 1. Қулыпты ашыўға ҳәм жабыўға арналып, металлдан иеленген қурал, әсбап.
Қыз Минайым уйқың қатты, Жамбасыңа гилтиң батты (ққ.х.қ.).
Гилт қулпында белли, Сөз парқында белли (ққ.х.н.м.).
2. Бурандалы темирге гайканы таўлап кийгизиўге ямаса оны таўлаўға арналған әсбап, қурал.
3. аўыс. Бир нәрсениң сыры, мәниси, тийкары.
Тил — ғәзийнелер қорғаны, ал сөз — сол қорғанның гилти (Ә.Наўайы).
Зүрәәттиң гилти — мийнет (Қ.Досанов).