⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГИЛКИЛДЕЎ

Қарақалпақша

ф. Қойыў майлы қатықтың, майлы гөштиң сорпасының ҳәм басқа да нәрселердиң дирилдеп шайқалғандай болып көриниўи. Гилкилдеген май гөшти, Екэў ара қойдырды (Бердақ). Гилкилдеп толқынсақ бетинде жатар, муздай суўық жәнлик, жоқтай ҳазары (И.Юсупов). 0 Жүрек гилкилдеў. а) Майлы нәрселерди ҳәм басқа да ишимликлерди мейили алмаў, ишкиси келмеў. Бир уртласаң да май уртла, Гилкилдесин жүрегиң (ққ.х.т.). б) Батылы бармаў, қорқыў, айбыныў, тартыныў. Жасаўыллардың кеўлин алыўға да жүреклери гилкилдеп отыр (К.Султанов).