⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГИЛЕМ

Қарақалпақша

ат. 1. Төсек етип еденге төсеў ямаса дийўалға қағыў ушын нағысланып, жүннен ҳәм басқа да материалдан тоқылған бир жағы түкли буйым, көбинесе сегиз қырлы гүл, қосмүйиз, үшмүйеш, атанақ нағысы қолланылады. Гилем сатсаң қоңсыңа сат, бир шетинде өзиң отырарсаң (ққ.х.н.м.). Гилемлерди төсетип, жайының ишин жайнатты («Қырқ қыз»). Шәкиртлер көп устаз тутып ергенлер, Сөзден ғалы гилем тоқыған жерде (Т.Жумамуратов). 2. аўыс. поэз. Жер бетин қаплап алған майса яки гүл. Жамылғай жасыл гилем далаларымыз, Уўайым шекпегей аналарымыз (Г.Дәўлетова). 3. сп. Гүресте төселетуғын спорт әнжамы: татами. Гилемде аўырлығы жеңил палўанлар гүрес түспекте. 0 Гилем қурақ — Нағыслы қурақтың бир түри. Ушар гилем — Барлық халықлар ертеклеринде ушырасады.