⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГЕОГРАФИЯЛЫҚ

Қарақалпақша

ат. Географияға тийисли, тән. Геосиясат — мәмлекет сыртқы сиясатының географиялық факторлардан келип шыға отырып анықланатуғын бағдарламасы («ЕҚ» г.). Арал диярында Әмиўдәрьяның теңизге куяр аймағында «Ақ қала»дан баслап күн-шығыс, кубла сакраль топографиялық майданларда — Жаңадәрья, Көқдәрья, Ақжағыс, Порлытаў, Қусхана, Қырантаў аймақларында ел-журт мәкан басып, хожалық мәдениятын қәлиплестирип, ел батырлары ҳәм бийлери кең ҳәм пүгин сакраль географиялық объектлерди келешек әўладларға сақлап, өмири гүрес пенен өткен еди («ЕҚ» г.). 0 Географиялық карта — киширейтилип жуўмакдастырылған, математикалық жақтан образлы белгилердиң жәрдеми менен жер бетиниң тегисликке, яғный қағазға түсирилиўи. Географиялық катлам — курамалы тәбийғый комплекс болып, литосфераның жоқарғы бөлими, пүткил ғидросфера, атмосфераның төменги бөлимлери, барлық тири зат, яғный биосфера ушырасып, бир-бирине енеди ҳәм өз ара гезекли хәрекет етеди.