ГЕНЖЕ
Қарақалпақша
кел. 1. Ең соңғы бала, ең кишкенеси.
Генже қызы едиң уллы шайырдың, Қашып кетип мени естен айырдың (Г.Дәулетова).
2. Жасы киши, кейинги.
Тарийх бир нураний ғаррыға урғас, Генже әуладлардан сорар қәдирин (П.Мырзабаева).
Бәршесиниң тили узын, Ҳеш ким өзин билмес генже (А.Даўышбаев).
3. Кейин, кешигип, соңынан.
Генже қозы, генже бузаў.
4. Кеш егилген палыз ямаса дән егинлери.
Генже жуўери, генже қаўын.
Сондықтан кеш қалып егис мапазы, Генже пахта қалып қойды жүртпестен (Ә.Қайыпов).