ГЕЗЕКШИ
Қарақалпақша
ат. 1. Белгили бир жерде (мәкеме, емлеўхана, әскерий бөлим т.б) тийисли тәртипти бақлаўшы, гезекшилик миннетин атқарыўшы.
Кыстың қәҳәрли бир күни гезекши болып отырған адам шығыста туўған бир жулдызды Шолпанға жорып, адамларды оятып, жолға түсип кетипти (әпсана).
2. Мектепте класс тазалығын ҳәм тәртибин сакдаў ушын ҳәр күни белгиленетуғын оқыўшы.
3. Орнына аўмасып ислейтуғын.
Гезекши бөлим.
әск.
Әскерий бөлимниң (гарнизон наряды) курамына киретуғын бөлим (рота, взвод т.б).
Гезекши келип қапыны ашты, болып кетти әширден-әшир... (С.Қаниязов).