⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГЕЗЕК

Қарақалпақша

ат. 1. Избе-изликте дүзилген бир нәрсениң тәртиби, рети, нәўбети. Қоныўдың рети келип қалған жағдайда гезек пенен уйқылайды (Т.Қайыпбергенов). Гезек пенен суў ишпекте дийқанлар, қалмапты ҳеш суўға талас, қыйқаңлар (Ақшолпан Аманияз). 2. Бир нәрсени алыў ушын, бир жерге кириў ушын, тәртип пенен турған адамлар дизбеги. Сол дүзилген тәртиптеги биреўдин орны. Балықшылар тапсырған балығының квитанциясын алыў ушын гезек тутысты (К.Султанов). «Гезек пада» менен бағып жүр малын, Малға пидә етип, бир шыбын жанын, Шынында да, аяп кеттим жорамның, Адам шыдамастай гедейлик ҳалын (И.Юсупов). 3. Пайыты келиўи, ўақты болыў. Ҳәммеси де гезек күтер бүгинше, Ертең қыс киятыр қылышын сүйреп (К.Рахманов). 4. Жумыс ўақтынын алмасып келиў тәртиби. 5. Биринен кейин бири, алма-гезек. Ишип алған соң тийиспес гезек, Ушластырмас бирин-бирине ҳасла (К.Рахманов). 0 Биринши гезекте — ең әўели, алды менен, ең биринши. Гезеги келиў (келгенде) — ўақты келди, сәти түсти, пайыты келгенде, ўақтында. Билмедим, ол қанша сөйледи тынбай, Гезек келип қалалар мақтаўға.. (К.Рахманов). Гезегин алыў — нәўбетин алды. Гезек бериў — жол бериў. Гезек бермеў — жол бермеў, сөз бермеў. Гезектен тыс — белгиленген жобадан тыс, алдын ала жобаластырылған. Өз гезеғинде — нәўбетинде.