ГЕЗДЕ
Қарақалпақша
қ. Гез.
1. р. Уақытта, пайытта.
0 Бир гезде — бир ўақытлары, бир пайытта.
Ҳәр гезде — ара-тура, ҳәрдайым.
Усы гезде — усы пайытта, тап сол ўақытта, бүгинде.
Қолға қәлем алған гезде, Оқыўшымнан ҳаўлығаман (К.Рахманов).
2. Фейил сөзлерден кейин жалғаныш қолланылады.
Алатуғын ўақта-алдыға озып, беретуғын гезде артта буғып қалатуғын, алғаны менен бергенин жипке дизип санайтуғын адамнан аўлақ жүр.
Ондай адамнан кутылыўдың өзи — үлкен олжа (даналық сөзлер).