⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГЕЗ IV

Қарақалпақша

ф. 1. Буйрық мәнисинде келсе, қыдырыў, аралаў мағанасын билдиреди. Бизлер жүрген асфальт көшелерди гез, Сора, Нөкис айтар, Нөкис жас қала, Басқа имкан болмас қорықпайсаң ба ҳеш? (С.Айтмуратова). 2. Атлық сөзге көмекши фейиллердиң қосылыўынан фейиллик ўазыйпаны атқарып: гез болыў, гез келиў, дуўшакерлесиў, ушырасып калыў, дус болыў, тап болыў, қәлеген т.б. мөнилерде келеди. Ашыўланып айттың маған ҳәр бир сөз. Дәрбент таўда сениң менен болып гез («Қырқ қыз»). Ер жигиттиң атын ҳаял шығарар, Жаманы гез болса жиғит не қылар (Бердақ). Жумыс ислеп шет еллерде сарсылып, Гез келғени сөйлегени бассынып, Шаңғыт топырақты ҳәтте сағынып, Уатанның қәдирин сонда билерсең (Ш.Жуманиязова).