⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГЕЗ III

Қарақалпақша

рәў. Мезгил, ўақыт, мәҳәл, пайыт, таң. Гезинде сағымның ойнағын көрдиң бе сен? (И.Юсупов), Мен жас гезимде оғада уялшақ болыппан (Т.Қайыпбергенов). Өткен әсир, 90—2000...бала гезим, Окыўшылық жас өспириў, шала гезим, Өсип-өнип жигитликке жас келсе де, Сәл басқаша болды бизде сана-сезим (И.Бекмуратов). 0 Әдепки гезде — ол ўақытлары, баста. Ҳәр гез — ҳәрдайым, удайы. Әўелги гезде — дәслебинде, дәслепки ўақытта. Бала гез — балалық шақ. Бир гез (гезлери) — бир ўақытта, баяғыда, ертеде. Бул гезде — усы ўақытта, усы пайытта. Гез келгенде — ўақты келгенде, пайытында. Гез келгенде сени мерўерт ҳәм яқыт, Кутқарып қала алмас, дуўа қутқарар. Қаршадай гез — жас пайыт, балалық шақ. Гез келген — қәлеген, ким болса сол, ким көринген. Гезе баслаў — аралаў, қыдырыў.