ГЕДЕЙЛИК
Қарақалпақша
ат. Күн көриў жағдайы төмен болыўшылық, малы-мүлки жоқлық, кәмбағаллық, турмысы төменлилик, жарлылық, жоқшылық.
«Дүньяда не жаман — гедейлик жаман, Жүзиң төмен етип қоймаслар аман, Атың шығып абырайың артса да, Биздей байғусларға түспеди-аў саяң» (И.Юсупов).
Гедейлик қысмети көп түсип басқа, Қолым тиймейди деп ҳеш қашан қолаң шашпа, Телпек киймедим деп бир шалқып жаста, Аббаз шайыр әрман еткен шөгирме (И.Юсупов).