⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГЕДЕЙ

Қарақалпақша

ат. (парсы. — кәмбағал, тиленши). 1. Күн көриў жағдайы төмен, малы-мүлки жоқ, жарлы, кәмбағал адам, турмысы төмен аўыл, ел. Орымбет, Нурымбет, Жәлал, Сулейман, Сапар, Мырза, Арзыў, Еримбет қыйпаң, Халықтың қанын сорған гилең бийийман, Бәриңнен биздей бир гедей жақсырақ (Бердақ). Қатық ишип келгеним, айран екенин билмеппен, перзент деп өсиргенимниң, ҳайўан екенин билмеппен, қурғызған имаратымның, ўайран боларын билмеппен, шаҳпан деп мәсиргенимде, гедей екенимди билмеппен (Муҳаммед Араб хан. Хийўа ханы). Есиңе түсирип тур қатарың, досларды, Жубатып тур азалы, кеўли босларды, Гедей деп бириниң үстинен күлгенше, Жәрдем бериңизлер қолдан келгенше (С.Курбанов). 2. Тил байлығы төмен, лексикасы аз. Малға гедей — жарлы, Тилге гедей — сорлы (ққ.х.н.м.). 3. аўыс. Өз ўатанын ушын хызмет еткен абзал мәнисинде. Киси елинде патша болғанша, өз елиңде гедей бол (ққ.х.н.м.). 4. Тарийхта ески, топонимикалық аты. Арал бойындағы аўылларда «Узын қайыр», «Аққала», «Гедей», «Дәўкемпир» «Қазакдәрья» ҳәм т.б. усы тарийхый атамалардың бәри де ата-бабаларымыз мал бағып, егин салып, балық аўлап күн көрис еткен, киндик каны тамған жерлерине жатады («ЕҚ» г.). 5. Байларға қарама-қарсы қойылатуғын, турмыслық аўҳалы төмен соңиаллық қатлам, соның ўәкили. Егер ел саналы түрде басқарылса — гедей болып, мүтәжлик көриў уят, егер мәмлекет ақылсыз басқарылып атырса — бай болып, сый-ҳүрметке бөлениў уят (Конфуңий). 0 Гедей-кепшик — жасаў, турмыс шараяты төмен қатлам, жарлы-жақыбай. Ата-бабаларымыз садақаның ең зәрүр ҳәм саўаплы әмел екенлигин жүдә жақсы билген, олар жолаўшыға, мүсәпирге, гейш-кепшикке оғада мийирбаншылық көрсеткенлиги усыннан болса керек («ЕҚ» г.).