⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГЕГИРДЕК

Қарақалпақша

ат. Аўыз кеңлигин өңеш пенен байланыстырыўшы жол. Дем алыў жолының улыўма бослықтан кейинги бөлимлерине киретуғын дүзилиси. Гегирдек созылар, қырыллар тамақ: «Ўа-ҳа-ҳа», «Ўай саў бол», «Ҳа деймен» ... (И.Юсупов). Көплеген түркий тиллес халықларда «баўыз» сөзи мойын, тамақ, гегирдек, алқым мәнисинде қолланылады («ҚЖ» г.). 0 Қызыл гегирдек болыў — оғада қатты айтысыў. Дүньяны жаңадан дүзеймиз десип, Қызыл гегирдек боп, қаралай өшип... (И.Юсупов). Өз гегирдегин ойлаў — өз мәпин ойлаў, пайдакүнем. Гегирдек кэўреў — аўыс. жеп қойыў, өз мәпине жумсап жибериў. Гегирдек кесиў, бүркиў — бақырысып сөйлесиў, көтерилип сөйлеў.