ГЕГЕЛШИЛИК
Қарақалпақша
ат. филос.
Гегель тәлийматын раўажландырыўға ҳәрекет қылған философиялық тәлиймат.
XIX әсирдиң 30—40-жылларында Германияда пайда болған.
Гегель тәлийматы ўәкиллери диний мәселелер бойынша пикир жүритиўде Гегельди ортодоксал теизм руўхында талқылаўшы консерватив кексе (оң қанат) гегелшилер (Гешель, Даўб т.б) ҳәм Гегельдиң «мәңги руўх»қа қарама-қарсы рәўиште айырым шахслардың тарийхында өз-өзин анлаў әҳмийетин анықлаўшы жас (шеп қанат) гегелшилер (Руге, Бруно, Баўэр, Фейербах, Штраўс т.б.)ден ибарат.