⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГЕЎЛЕЎ

Қарақалпақша

ф. 1) Бир нәрсениң астын үңгиў, қазыў. Томар геўлеў, геллек геўлеў. Көринбекши едим мегзеп шынарға, Бирақ, тамырымды геўледи қазып (К.Рахманов). Гөзлеген алмас, геўлеген алар (ққ.х.н.м.). 2) аўыс. Биреўди пәтеңге келтириў, мүжип қоймаў, изинен қалмаў, ғаўзастырыў. Халықты геўлеп қоймаған, Нәпсиқаў патша сенбисең? («Ер Зийўар»). Тарийхты изинен қалмай геўлей берсек, Салмаклы орнымыз бар жаңлай бердик (А.Крамов).