ГАРНИТУР
Қарақалпақша
ат. Қандай да бир мақсет ушын хызмет қылатуғын нәрсе, буйымлардың жыйындысы.
1. Үй үскенелериниң гарнитуры ўазыйпасы бойынша улыўма бир мақсетке қаратылған (зал, асхана, жатақхана ямаса кабинетлерди безеў ушын зәрүр болған) мебеллер жыйынтығы (топламы); Орайлық складта он дана шет еллик гарнитур бар, соны қабыл етип аласаң (К.Рахманов).
2. Кийим-кеншек гарнитуры — хаяллардың ишки ямаса үстки кийимлери топламы.
3. Шрифт гарнитуры — баспаханада ҳәрип териў ушын зәрүр материаллар, бундай гарнитур шрифти өлшемлери (кегли) ҳәр түрли болыўы мүмкин.