⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГАРНИЗОН

Қарақалпақша

әск. ат. Қандай да бир қалада, елатлы пунктте, бекинисли орында, қорғанда бәрқулла ямаса ўақытша жайласқан әскерий бөлимлер, әскерий оқыў орайлары. Дала гарнизоны. Қурылған шатыр, Тың-тынлап: әскерлер қырағы жатыр, Реактив снарядлар жарылып атыр, бузып түн уйқыны аўған урысы (Ақшолпан Аманияз). Бурынғы аўқам мәмлекети дәўиринде сол «Барса келмес» жасырын дәрежедеғи әскерий гарнизон орнына айландырылып, оған «Кдйта туўылған атаў» деген ат берилсе де, әскерий гарнизонды сыртқы жаў көзлерден сақлаў нийетинде «Арғументы и факты» газетасында «Сибирь жарасы» пайда болғанлығы туўралы аңызлар да көп тарқалған (Т.Қайыпбергенов). Гарнизондағы әскерий бөлим. Әскерий гарнизон - Гарнизон баслығы басшылық қылады. Гарнизон хызмети - Гарнизонда жайласқан әскерий бөлим хызметкерлери ушын белгиленген арнаўлы хызмет.