⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГАЛСТУК

Қарақалпақша

ат. 1. Көйлектиң жағасын астынан өткерип, мойынға орап, түйин ямаса бант қылып тағылатуғын жипек т.б. гезлемеден иеленген нәрсе. Ақ көйлек, қара костюм кийген қара галстукли жигит сахнаға шықты (газетадан). Галстук таққанлары отыр көпирген, Сениң несийбенди бир-бир жулады (А.Крамов). 2. Бурынғы Кеңес хүкимети пайытында пионерлер тағатуғын үш мүйешли қызыл гезлеме. Пионер галстуги. Галстукты байлаў. Мойынларына қызыл галстук таққан пионерлерди — Кытай, Арқа Корея, Вьетнам, Куба, Кырғызстан, Молдавия еллеринде ҳәзир де ушыратыў мүмкин («Жеткиншек» г.).