ГАЛЛЮЦИНАЦИЯ
Қарақалпақша
мед.
ат. Бас мий функциясының бузылыўы нәтийжесинде жоқ нәрсе ҳәм ҳәдийселерди бар деп қыял етиў.
Қыял етилген жоқ образлар сыртқы көриниске ийе болып, олар шынлықта ҳақыйқый нәрселер сыякды орын ийелейди ҳәм сол себепли наўқас инсан булардың шынлығына исенеди, негизинде жоқ нәрселерди көрип, еситип отырғандай болады.
Руўхый ҳәм жуқпалы кеселликлер, бас мийдиң зыянланыўы, ишиўшилик (алкоголизм), психозларда, нәшебентликтиң гейпара түрлери, руўхый азапланыў қ.б ақыбетинде жүзеге келеди.
Мускат ғозасы көп желинсе, зәҳәрлениў, галлюцинация ҳәм уйқысызлык пайда етеди (газетадан).