ГАЙМОРИТ
Қарақалпақша
мед.
ат. Жоқары жақ сүйеги бослығы силекей қабатының исиниўи (аязлаўы).
Өткир, орта өткир ҳәм хроникалық түрлери менен парықланады.
Шамаллаў, грипп, жуқпалы кеселликлер, сондай-ақ, мурын бослығы, шириген тистен аязлаў процеслериниң Гаймор бослығына тарқалыўы, гейде жақ сүйегиниң жарақатланыўы да себеп болады.
Тымаў, грипп ямаса әпиўайы аязлаў кеселликлери менен аўырып қалғанда, тезде емлеў илажлары көрилмесе, емлениўи кешиктирилсе, оның асқыныўы сыпатында гайморит келип шығады («КЖ» г.).