ГАЗ I
Қарақалпақша
ат. физ.
1. Айырым жеке бөлекшелери өз ара бос байланысқан ҳәм өзи жайласқан кеңликтиң бәрин жайлап алыў қәсийетине ийе физикалық дене, зат, туншықтыратуғын газ.
2. Жылытыў, жақты бериў, қозгалтыў күшлери сыпатында қолланатуғын газ ямаса пуў тәризли затлардың улыўма аты.
Республикамыздың қубла районларындағы үйлерге де газ өткериўди баслап жиберди (газетадан).
Гази жоқлар отынларын шаўа берсин, наны жоқлар ҳәптелик нан жаўа берсин.
0 Газ алмасыў мед.
Дем алыў, фотосинтез ҳәм басқа процесстерде газлердиң организм менен сыртқы орталық ортасындағы алмасыўы.
Организм дем алыў ҳәрекетлери ўақтында кислород қабыллап, карбонат ангидрит, зат алмасыўының басқа газ тәризли продукциясы ҳәм суў пуўын шығарады, бул дерлик барлық организмдеги зат алмасыў процессиниң зәрүр ҳалаты.
Газ алмасыў процесинде өкпелер ҳаўаны тазалаў менен бирге, қанды да зыянлы элементлерден тазалайды (газетадан).
Газ анализаторы тех.
Газлер бирикпеси қурамында муғдар ҳәм сап асын анықлаў ушын ислетилетуғын әсбап.
Газ анализаторы санаатта, медицинада ҳ.б.ларда қолланылады.
Газ анализи — аналитикалық химияның бир тараўы.
Газ анықлағыш тех.
Кәнлер ҳәм санаат имаратлары атмосферасындағы зыянлы газ (мыс: метан), муғдарын анықлайтуғын әсбап.
Газ баллонды автомобиль тех.
Қысылған ямаса суйылтырылған жаныўшы газлерде ислеўши автомобиль; қысылған газ баллонға 20МН/м² дейинги басым менен жибериледи.
Газ бенен ысытыў тех.
Имаратларды ысытыў усылларынан бири.
Турақ жай, жәмийетлик ҳәм кәрхана имаратларын ысытыўдың ең абзал усылы.
Газ бериў — сөйл.
т.
Мотордың оборотларын ҳәм оның күшин көбейтиў, тезликти арттырыў.
Тоқтатыў қайда, қайтама газди бериңикиреп өтти (А.Султанов).
Газ ғорелкасы тех.
Газди ҳаўа (кислород) пенен араластырып, жаныўшы араласпа пайда ететуғын қурылма.
Қыздырыў әсбаплары, печьлер, газ плиталары, қазанханалар ҳ.б.ларға орнатылады.
Газ есаплағыш — ўақыт бирлиги ишинде өтетуғын жумсалған, сарпланған газ муғдарын өлшейтуғын әсбап.
Газ санааты — жерден тәбийғый газ шығарыў, қатты ҳәм суйық жанар майлардан жасалма газ алыў, халықты ҳәм санаатты газ бенен тәмийинлеў ушын трубалар арқалы газ жибериў ҳәм де газден химиялық өнимдер алыў санааты.
Газ курдырыў - газди белгили бир керекли жерге өткериў.
Газ жағыў — курылған газди жағып пайдаланыў.
Газди азайтыў — сөйл.
т.
Мотордың оборотын ҳәм оның күшин азайтып, тезликти кемитиў.
Газ тармағы — қыздырыўшысы патында пайдаланылатуғын газлерди тасыў ҳәм пайдаланыўшыларға тарқатыўға мөлшерленген газ трубалары, имаратлары ҳәм қурылмалар тармағы.
Газ турбинасы — үзликсиз ислейтуғын ыссылық двигатели.
Басым астында ҳәм жоқары температураға ийе болған газ энергиясы.