⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ВЕГЕТАЦИЯЛЫҚ

Қарақалпақша

бот. Вегетацияға, өсиўге тийисли. Бийдай егилген топырақларда ҳәр қыйлы төгинлер қолданғанда биоген элементлердиң муғдарын, олардың вегетациялық дәўирлерге байланыслы динамикасын анықлаў хәм де олардың бийдай зүрәәтлигине тәсирин анықлаў больш есапланады. Вегетациялық ағашлар. бот. Шығысы вегетативли болып келетуғын ағашлар. Вегетациялық усыл. Ҳәр түрли түртки-жағдайлардың өсимликлердиң өсип-раўажланыўына тийгизетуғын тәсирлерди анықлаўға байланыслы илимий-изертлеў тәжирийбеси. Вегетациялық дәўир. бот. а) Метеорологиялық жагдайға сай өсимликлердиң өсип, жетилиўине мүмкинлик беретуғын жыл мәўсими. Вегетациялық суўғарыў. Раўажланыў ўақтындағы суўғарыў.