⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ВАЛЮТА

Қарақалпақша

(итал. қәдир, баҳа; лат. — күшли болыў; қәдирлениў, баҳаланыў) 1. Белгили бир мәмлекеттиң пул бирлиги (сўм, теңге, доллар ҳәм б.). 2. Пул системасының түри (алтын, гүмис яки қағаз валюта). 3. Шет мәмлекетлердиң пуллары, халықаралық есап-санақларда жумсалатуғын шет ел пул бирлигиндеги кредит ҳәм төлеў қүжжетлери (векселлер, чеклер ҳәм б.). Валюта базары шет ел валюталары ҳәм шет ел валюталары есабындағы төлеў қүжжетлериниң алды-саттысы бойынша турақлы экономикалық ҳәм шөлкемлестириўшилик қатнаслар системасы. Валюта курсы мәмлекет пул бирлигиниң басқа мәмлекет пул бирлигинде сәўлеленген бақасы. Валюта системасы валюта қәрекети менен байланыслы экономикалық қәм хуқықый қатнасықлар системасы. Миллий валюта — сўм қәм де алтын қорларының бар екенлиги мәмлекет ишиндеги қәм сыртындағы жаңаша экономикалық сиясат жүргизиўдиң кепили есапланады. (Өзбекстанды раўажландырыў стратегиясы оқыў қолланбасынан). Ҳәтте, мәрмер тасың, боян тамырың, Қып-қызыл валюта болар, жигитлер (И.Ю.) Бекбаўлы ахун Идирийс ийшан усынысына шет ел валютасының жоқлығы қәм үй жағдайына байланыслы барыўдан бас тартқан (Ш.Бабашев) Валюта аймағы, экон. Өз ара валюта қатнасларының режелерин сыр сақлайтуғын қәм жетекши мәмлекеттиң валютасының аймақ ишиндеги еллердиң басқа еллер менен есап-санақ жүргизгенде шешиўши ролин қабылдаған мәмлекетлердиң биригиўи.
КРИЗИСИ, экон. Валюта бақасының турақсызланыўы, мәмлекетлик валюта қорларының таўысылыўына байланыслы валюта өсиўинде, валюта қунында қайшылықтың күшейип шийеленисиўи.
ДЕКЛАРАЦИЯСЫ, экон. Шегарадан валюта алып өтиў ўақтында бажыханаға көрсететуғын мәлимлеме қүжжет.
ДЕМПИНГИ, экон. Валютасы кунсызланған елден тураклы валютасы бар ямаса валютасының куны айтарлықтай төмендемеген елге дүнья жүзлик бақадан төмен бақа менен товарлар шығарыў.
СИСТЕМАСЫ, экон. Мәмлекеттиң нызам режелеринде, қалық аралық келисимлерге бектилген дүнья жүзилик куны раўажланыўының негизинде қәлиплескен ақшалық-несийелик қатнасықлардың жыйнағы.
КЕЛИСИМИ, экон. Мәмлекетлер арасындагы олардың белгили бир валюталық қатнасықларын ретлеў қаққындағы өз ара қуқықдары менен миннетлемелерине қатнасы еки жақтың ямаса көп жақтың келисими.
КЛИРИНГИ, экон. Товар жеткериўлери менен көрсетилетуғын қызметлер қунының теппе-теңлигинен пайда болатуғын өз ара талаплар менен миннетлемелерди бир-биринде есапқа алыў туўралы қүкимет аралық келисим.
ҚОРЫ, экон. Мәмлекеттиң төлем қәбилетлигин анықлайтуғын тураклы валюта мөлшериндеги қоры, алтын-қымбат бақалы кунлылықлары.
ҚАТНАСЫҒЫ, экон. Валюта кунлылықларына меншик қуқығы менен басқа қуқықлардың көбейиўине байланыслы қатнас; валюта кунлылықларын қөлеген усыл менен елге әкелиў қөм қайта жибериў.
МОНОПОЛИЯСЫ, экон. Мәмлекеттиң өз органлары арқалы валюта операцияларына ҳәм экономикалық агентлер табатуғын пүткил валютаға үстемлик етиўи.
ҚАРЫЗЫ, экон. Бир ел екинши бир елге өзиниң валютасы, шет ел валютасы ямаса алтын түринде беретуғын кәрежети.
БИРЛЕСПЕЛЕРИ, экон. Валюта үстемлигин орнатыў хәм басқа мәмлекетлерге қолай валюта сиясатын жүргизиў мақсети менен бир неше елдиң бирлескен уйымы.
ОПЕРАЦИЯЛАРЫ, экон. Валюталық кунлылықлар менен орынланатуғын операциялар.
ӨТИМЛИЛИГИ, экон. Кәсиплик аўқам менен шөлкемлердиң сыртқы экономикалық хызмет қолланбасы.
РЕЗЕРВЛЕРИ, экон. Белгили бир мәмлекеттиң халық аралық есап айырыўға, ҳәр түрли жағдайларда хәм валюта нырқын ретлеўге арналған, орталық валюталық кредиттиң шөлкемлердеги алтын менен шет ел валютасынан туратуғын қоры.
БАЗАРЫ, экон. Валюта нырқы (сораныў менен усыныс негизинде валюталарды сатып алыў ушын шығарылған рәсмий орталық; шет ел валюталарын ҳәм шет ел валютасы менен төленетуғын төлем хүжжетлерин сатып алыў-сатыў ҳаққындағы турақлы экономикалық ҳәм шөлкемлик қатнасықлар системасы).
СИЯСАТЫ, экон. Мәмлекетлик шәлкемдер менен орталық банклердиң, қаржыландырыў мәкемелери, қаржылық валюта орталықларының валюта қарым-қатнасы сиясатындағы экономикалық, шөлкемлестириўши, хуқықый ҳәрекетлери менен илажлар жыйындысы.
ТЕППЕ-ТЕҢЛИГИ (ПАРИТЕТИ), экон. Бир валютаны екинши валютаға алмастырыў қунының рәсмий түрде белгиленген тураклы шеги.
ТҮСИМИ, экон. Товарлар менен хызметлер экспортынан, сондай-ақ халықаралық несийелерден түскен шет ел валютасы.